regulation.gov.uz нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында әмелдеги жол ҳәрекети қағыйдаларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ қарар жойбары басып шығарылды. Онда “Жеке ҳәрекетлениў қураллары” түсинигине анықлық киргизиў ҳәм транспорттыӊ усы категориясын скутерлер менен шеклеў усыныс етилген.
Жеке ҳәрекетлениў қураллары (ЖҲҚ) бул бир адам ушын мөлшерленген моторлы ҳәм бир яки бир неше дөӊгелеклери болған ҳәр қандай түрдеги транспорт қураллары. Оларға электрли самокатлар, сегвейлер, электрли скейдбордлар, уницикльлер, монодөӊгелекли ҳәм усыған уқсас транспорт қураллары киреди. Нызам жойбарында ЖҲҚ пайдаланыўшылары пиядаларға теӊлестирилиўи, пиядалар светофорларындағы белгилерге бойсыныўы ҳәм велосипед жоллары яки тротуарларда ҳәрекетлениўи керек екенлиги айтып өтилген. Егер тротуар яки велосипед жоллары болмаса, ЖҲҚ пайдаланыўшылары жол шетинде саатына 20 километр тезлик пенен ҳәрекетлениўи мүмкин. 14 жастан киши шахслар жабық аймақлардан тысқарыда ЖҲҚда ҳәрекетлениўине руҳсат берилмейди.
Скутерлерге ишки жаныў двигателиниӊ көлеми 25 куб сантиметрден артық яки қуўатлылығы 0,25тен 4 киловатт саатқа шекемги электр моторлы транспорт қураллары киреди. Усы категорияға сондай-ақ, белгиленген талапларға жуўап беретуғын трицикльлер ҳәм квадроцикльлер де киргизилмекте.
Дүзетиўлер тастыйықланған жағдайда скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў керек болады. Оларды басқарыў ушын болса тап мотоцикль яки мопед сыяқлы А категориядағы айдаўшылық гүўалығы талап етиледи.
Роман Бондарчук , ӨзА