11-май күни пайтахтымыздағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Қарақалпақстан жыраўшылық ҳәм бақсышылық өнери бүгин ҳәм ертең» атамасындағы республикалық тәжирийбе алмасыў семинары болып өтти.
Оған белгили бақсылар, жыраўлар, сәзенделер, тараў қәнигелери, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер институты Нөкис филиалы, Нөкис көркем өнер колледжи, сондай-ақ, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқытыўшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
-Қарақалпақ халқының басқа халықларда ушыраспайтуғын өзине тән ажыралып туратуғын миллий бақсышылық ҳәм жыраўшылық өнери бар. Бул өнерди ертеңги келешек әўладқа жеткерип бериўимиз керек, – дейди композитор, Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Қурбанбай Заретдинов.-12-май күни Шымбай районында «Ақымбет бақсы» мавзолейи жанында фольклор фестивалы шеңберинде «Қур» мәдений илажы өткериледи. Ондағы тийкарғы мақсет, усы муқаддес орынды ЮНЕСКО шөлкеминиң материаллық емес мәдений мийрас объектлери дизимине киргизиўден ибарат.
Мағлыўмат орнында сонны да айтып өтиўимиз керек, «Қур» мәдений илажына Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Хорезм ўәлаятларынан да бақсы, жыраўлардың келиўи күтилмекте.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Полат Айтмуратов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги