Қазақстан күшли жер силкиниўден жәбир көрип атырған Аўғанстанға гуманитарлық жәрдем жибереди. Бул бойынша президент Қасим-Жомарт Тоқаев тапсырма берген.

Рәсмий хабарға бола, гуманитарлық жәрдем азық-аўқат өнимлери, шатырлар, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ ҳәм дәслепки зәрүр буйымларды өз ишине алады.

Жәрдем жүги жақын мүддетте ҳаўа ҳәм темир жол транспорты арқалы алып барылады.

Қазақстан бүлгиншиликлердиң астында қалған адамларды излеў ушын қутқарыўшылар ҳәм кинологларды да жибермекте.

7-октябрь күни Аўғанстанның батысында жүз берген жер силкиниўи нәтийжесинде қурбан болғанлардың саны 2400ге жетти.

6 аўыл пүткиллей ўайран болғаны, жүзлеген адам бүлгиншиликлер астында қалғаны айтылмақта.

Ҳираттан 42 километр батыста жүз берген 6,3 магнитудалы жер силкиниўи ақырғы 20 жылдың ең күшли жер силкиниўи деп баҳаланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги