7-октябрьде Аўғанстан батысында бақланған жер силкиниўлери нәтийжесинде қурбан болғанлардың саны 2 мыңға жетти.
Associated Press’тиң мәмлекет мәлимлеме ҳәм мәденият министрлиги баслығы Абдул Воҳид Районға сүйенип хабар бериўинше, 6 аўыл пүткиллей ўайран болған, жүзлеген адамлар бүлгиншиликлер астында қалған.
6,3 магнитудалы жер силкиниў шемби күни Ҳираттан 42 километр батыста жүз берди. Жер силкиниўи, сондай-ақ, эпиорайға жақын аймақлар – Фарах ҳәм Бадгис провинцияларында да сезилген.
Анық болыўынша, жер силкиниў Аўғанстан тарийхындағы соңғы 20 жылдағы ең күшлиси болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги