Бүгин белгили боксшимиз Ҳасанбой Дўсматов Азия ойынларының ярым финал беллесиўлеринде япониялы Томоя Тсубой менен күш сынасты.

Кескин түрде өткен беллесиў жуўмағында Ҳасанбай Дўсматов өз арсыласын 4:1 есабында жеңип, жарыстың финалы менен бирге Париж Олимпиадасы лицензиясын да қолға киргизди.

Енди Ҳасанбой ертең саат 16:45 те өткерилиўи белгиленген финал беллесиўинде таиландлы Титисан Панмот пенен алтын медал ушын гүреске түседи.

Сондай-ақ, бүгин -80 кг салмақта рингке шыққан Тўрабек Ҳабибуллаев қытайлы Танглайтан Тўхтарбайға жеңилип, Азия ойынларының қола медалын ийелеўге еристи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы