Усы жыл 30-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  1-октябрь- Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәжилис  болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы  Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлап, Президентимиздиң муғаллимлер ҳәм устазларға жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Ҳақыйқатында да, перзент тəрбиясы, олардың ҳəр тəреплеме саламат инсанлар болып камалға келиўи – бул ҳəр бир шаңараққа бахыт ҳəм берекет алып келиўи менен бирге, сол халықтың ҳəм елдиң тəғдирин белгилейтуғын əҳмийетли факторлардан саналады. Сонлықтан да, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында билимлендириў системасын раўажланған мəмлекетлердиң тəжирийбелери менен миллийлигимиздиң үйлесимлилиги тийкарында түпкиликли реформалаўға, муғаллим ҳəм устазлардың жəмийеттеги орнын беккемлеп, абырайын арттырыўға, оларды руўхый ҳəм материаллық қоллап-қуўатлаўға, жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип тәрбиялаўға мəмлекетлик сиясат дəрежесинде итибар қаратылмақта.


















Мине, соңғы бес жыл ишинде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны 318 ден 1654 ке, балаларды бақшаларға қамтып алыў дәрежеси 27,6 проценттен 80 процентке жеткерилди. Мектеплердиң саны 706 дан 722 ге, жоқары оқыў орынларының саны 6 дан 12 ге кѳбейди, мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши 14,2 проценттен 41,8 процентке ѳсти. Қәбилетли жасларымызды оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде қала ҳəм районларда 18 қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлары ашылды.

Быйылғы “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”нда оқып, билим аламан деген жасларымыз ушын бурын ҳеш қашан болмаған имканиятлар жаратылды. Быйылғы оқыў жылында жәми 9 мың 500 жас қосымша квоталар тийкарында студент болыў бахтына миясар болған болса, соның ишинде 113,5 баллдан жоқары балл топлаған 3 мың жас мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Сондай-ақ, сырт еллерде оқып атырған 1 мыӊ 335 студент-жас оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларында жеңилликлер тийкарында даўам етиў имканиятына ийе болмақта.

Ҳаял-қызларымызды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың билим алыўы ҳəм жəмийетте өз орынларын ийелеўи ушын шараятлар жаратыў бағдарында да айтыўға ылайық ислер əмелге асырылмақта. Мəселен, өткен 2022-2023-оқыў жылында магистратура басқышында оқып атырған 2300 ден аслам қыздыӊ шәртнама төлеми мəмлекет есабынан төлеп берилген болса, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында оқып атырған 1 мыӊ 951 қыз ушын 17,2 миллиард сум муғдарындағы шәртнама пулын төлеў ушын 7 жыл мүддетке процентсиз кредитлер ажыратылды. Қалаберсе, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери, жетим яки ата-анасының қарамағынан айырылған 150 студент қыздың 1 миллиард 56 миллион сумлық шәртнама пулы мəмлекет есебынан төлеп берилди.

Әлбетте, келешек ийелериниң терең билим ийелеўи муғаллим ҳəм устазлардан өз кəсибине деген пидайылықты талап етиўи менен бирге, оларға жаратылған шараятлар менен байланыслы болып табылады. Усы мақсетте быйылғы жылдың өзинде мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында 13 мектепте дерлик 121 миллиард сумлық, 8 балалар бақшасында 39 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Қуўанышлы тəрепи сонда, елимизде жаратылған имканиятларға жуўап ретинде жасларымыз пəн олимпиадаларында, ҳəр қыйлы таңлаўларда, спорт жарысларында халқымыздың мақтанышына айланып келмекте. Бир ғана мысал, Қытай мəмлекетиниң Ханчжоу қаласында өткерилип атырған жазғы Азия ҳәм Параазия ойынларына спорттың грек-рим гүреси, еркин гүрес, аўыр атлетика, дзюдо, қылышласыў, спорт гимнастикасы, гандбол, жиу-житсу түрлери бойынша 21 спортшымыз Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында мүнəсип қатнаспақта.  Соның ишинде, белгили спортшымыз Зайнаб Дайыбекова ҳәм келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын қызымыз Гүлистан Пердебаевалар спорттың қылышласыў түри бойынша болып ѳткен командалық жарыста алтын медальды жеңип алып, халқымызды шексиз қуўанышқа бѳледи. Сондай-ақ, Зайнаб Дайыбекова ҳәм ең жас спортшымыз Дилназ Муртазаева бул спорт түриниң жеке беллесиўлеринде қола медалын қолға киргизди. Ең əҳмийетли тəрепи сонда, билимлер беллесиўлери, көркем өнер таңлаўлары, спорт жарыслары, əскерий шынығыў ҳəм басқа да бағдарлар бойынша бундай жоқары табысларға ерисип киятырған жас өспиримлер ҳəм жаслар саны жылдан-жылға артып бармақта.

Мәжилисте бир топар кәсип пидайыларына мәмлекетимиздиӊ орден ҳәм медаллары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери, өткен оқыў жылыныӊ жуўмағында жоқары нәтийжелерге ерискен мектеп жәмәәтлерине естелик саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери