Устаз, муғаллим, оқытыўшы, педагог – бул сөзлерди еситкенде кеўиллеримиз өзгеше толқынланып, қуўанышқа бөленеди. Өйткени, есимизди танығанымыздан берли усы инсанлар бизиң қолымыздан услап, оқыўды, жазыўды үйретип, өмирге таярлап, өзинде бар билимлерди, өмирлик тәжирийбелерди бизге үйретип киятырған уллы кәсип ийелери болып табылады.

Имаратлардың ишинде ең уллысы мектеп болса, кәсиплердиң ишинде ең уллысы ҳәм мақтанышлысы муғаллимшилик, устазлық, – деген еди данышпанлардың бири.

Усындай уллы кәсип ийелери бүгин елимизде өзгеше ҳүрмет-иззетке бөленбекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилип, тараў пидайылары ушын байрам дастурханы жайылды.

Илажда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Қувондиқ Қодиров, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Нурсултан Каюповлар сөзге шығып, барлық профессор-оқытыўшылар, педагог хызметкерлер ҳәм устазларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

Байрам кешесинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң буйрығы менен жоқары билимлендириў тараўында шын ҳүжданы менен жумыс алып барып, жас әўладтың сапалы билим алыўында өзиниң пидайы мийнетлери менен үлги болып киятырған, системаның раўажланыўы ушын өзиниң мүнәсип үлесин қосып атырған институттың бир топар пидайы профессор-оқытыўшыларына «Жоқары билимлендириў ағласы» көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланған устазлар, соның менен бирге, тәлим-тәрбия процеси, илимий-изертлеў жумысларында айрықша белсендилик көрсетип киятырған педагог хызметкерлерге алғыснамалар, ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.







«Бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий-дөретиўши зиялыларымызды Ояныў дәўириниң төрт таяныш үстини деп есаплаймыз», – деген еди Президент Шавкат Мирзиёев.

Солай екен, өз тараўының пидайы инсанлары болған оқытыўшы ҳәм устазларға ҳүрмет көрсетиў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады.

Байрам илажы институттың музыкалық тәлим бағдарының талантлы студент ҳәм магистрантларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Профессор-оқытыўшылар, педагог хызметкерлер ҳәм устазлар байрам дастурханы әтирапында бир-бири менен сәўбетлесип, көтериңки кейпиятта байрамлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги