Фото: EAST NEWS

xabar.uz дыӊ мәлим етиўинше, Американыӊ Детройт автосалонында дүньядағы биринши ушар автомобильдиӊ прототипи усынылды. Модельдиӊ сүўретлерин New York Post баспасы жәриялады, деп хабар бермекте KP.RU.

«Alef Aeronautics компаниясы автомобильдиӊ стандарт седанға жүдә уқсап кететуғын Model A прототипин усынды, ушар тарелкаға уқсас шар тәризли интерьерден тысқары, еки жолаўшыны сыйдыра алатуғын дәрежеде үлкен», — деп жазады басылым.

Автосалон Детройт. Фото REUTERS

Белгилениўинше, дүньядағы биринши ушар автомобильди сериялы ислеп шығарыў шама менен еки жылдан кейин басланыўы режелестирилген. Машинаныӊ баҳасы 300 мыӊ доллар әтирапында болыўы күтилмекте.

Өткен жылдыӊ гүз мәўсиминде Alef Model А ға алдыннан буйыртпалар ашылған – 150 доллар төлеп ушар машинаны 299 999 долларға бронлаў мүмкин еди. Қарыйдарларға автомобильлерди 2025-жылдыӊ төртинши шерегинде жеткерип бериў ўәде етилген.

Model A. фото REUTERS

2023-жылдыӊ жаз мәўсиминде Alef Aeronautics бас директоры модель АҚШ Федерал Авиация администрациясынан ушыўға жарамлылық сертификатын алған биринши түрдеги стартап екенлигин жәриялады. Усы тақылетте компания сынаўды баслаўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги