Сергели районында жүз берген айрықша жағдай себеплерин үйрениў, көрилген бүлгиншиликлерди сапластырыў ҳәм жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық Министрлер Кабинетиниң бийлиги қабыл етилди.

Бийлик пенен Бас министрдиң орынбасары Очилбай Раматов басшылығында 16 адамнан ибарат Ҳүкимет комиссиясы дүзилди.

Комиссияға үш күн мүддетте қоймаханада жүз берген айрықша жағдай себеплерин үйрениў, көрилген бүлгиншиликлерди сапластырыў ҳәм жәбирленгенлерге медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў бойынша оператив илажларды әмелге асырыў, айрықша жағдай ақыбетинде зыян келтирилген ҳәр бир турақ жайды, соның ишинде, халықтың турақ жайлары, көп қабатлы турақ жайлардың фасад бөлимлери, айналары сондай-ақ, оңлаўға мүтәж жағдайға келип қалған басқа да имарат ҳәм объектлерге жеткерилген зыянларды сапластырыў бойынша материаллық жәрдем көрсетиў илажларын көриў ўазыйпасы жүкленди.

ӨзА