Усы жылдың 2930-сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районының ең шетки «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық ҳәм «Аббаз ҳаўазы – Қаратерең намалары» фольклор фестиваллары өткериледи.

Илажлар Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент мәмлекетлик экономика университети, «Өзбекбалықсанаат» бирлеспеси, Мәденият министрлиги, Тахаткөпир районы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

Фестиваль шеңберинде аспазлар жарысы, миллий халық ойынлары, өнерментлер көргизбелери, концерт бағдарламасы, белгили жыраў ҳәм бақсылардың шығыўлары, қур тамашасы ҳәм басқа да мәдений-кеўилашар илажлар өткериледи.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги