Ташкент қаласындағы “Ўзбекистон” халықаралық форумлар сарайында Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери Бас штаб баслықларыныӊ конференциясы болып өтти.

Онда Америка Қурама Штатлары, Пакистан Ислам Республикасы, Өзбекстан, Түркменстан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Республикалары  Қорғаныў министрликлериниӊ делегациялары қатнасты.

Бул ҳаққында Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти хабар берди.

Илаж алдында әскерий делегациялар ўәкиллери “Жеӊис парки” естелик комплексиндеги “Мәртлик гимни” монументине гүл қойып, “Шон-шараф” музейин тамашалады.



Конференцияны Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов ҳәм АҚШ Қураллы Күшлери Орайлық сәркардалағы сәркардасы генерал Майкл Курилла кирис сөз бенен ашып берди.

Конференция шеӊберинде регионаллық қәўипсизлик, терроризмге қарсы гүрес, гуманитар жәрдем ҳәм регионаллық турақлылық сыяқлы мәселелер көрип шығылды.


ӨзА