Шымбайлы Әдилбай Тәжимуратовты көпшилик шебер зергер сыпатында жақсы таныйды. Оның таярлаған зергерлик буйымлары нәзик ҳәм сулыўлығы менен ажыралып турады.

Әдилбай дөретиўшилер шаңарағында туўылған, әкеси Дәрибай Тәжимуратов белгили художник ҳәм мүсинши. Шаңарақтағы орталық себеп Әдилбай балалығынан дөретиўшиликке қызықты. Мектепти тамамлағаннан соң, Ташкенттеги Беньков атындағы Республикалық сүўретшилик кәсип-өнер колледжиниң «Зергерлик» бөлиминде оқыды.









2005-жылдан «Өнермент» ассоциациясына ағза болған зергер жумысы даўамында қарақалпақ халқының жойтылып кетиў дәрежесине келген 20 дан аслам зергерлик буйымларын қайта тиклеўге еристи. Өзиниң зергерлик өнимлери менен мәмлекет сондай-ақ, халықаралық көлемдеги бир қатар көргизбе ҳәм фестивальларда табыслы қатнасып келмекте. Сондай-ақ, өнермент «Устаз-шәкирт» дәстүрин даўам еттирип, жас әўладқа зергерлик сырларын қунт пенен үйретип атыр.

Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет), ӨзА