Ферғана ўәлаяты Риштон районында I Халықаралық гүлалшылық форумының ашылыў мәресими болып өтти. Халықаралық гүлалшылық орайында шөлкемлестирилген илажда сырт ел ҳәм жергиликли гүлалшылар, өнерментлер, тараў қәнигелери, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп мийманлар сырт ел ҳәм жергиликли гүлалшылардың өнимлеринен ибарат көргизбе менен танысты. Өзбек халық көркем өнери ҳәм ойынларының таныстырылыўы, халықаралық гүлалшылық орайындағы еки қабатлы гүлалшылар хожалықлары, устахана ҳәм саўда дүканлары мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Салтанатлы илажда Республика «Өнермент» ассоциациясының баслығы Улуғбек Абдуллаев, Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Файзулло Қосимов өнерментшилик бойынша усы жылдағы ең әҳмийетли халықаралық илаждың мазмун-мәниси, күтилип атырған нәтийжелер, мәмлекетимизде тараўға қаратылып атырған итибар ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Ферғанаға келген сырт ел туристи ямаса мийманы әлбетте, Риштон районына барады. Себеби, бул жердиң өзине тән тартымлы тәрепи бар. Бул уста өнерментлер тәрепинен таярланып атырған гүлалшылық өнимлери болып есапланады. Риштон – Уллы Жипек жолында жайласқан, Ферғана ойпатының ең әййемги қалаларынан бири. Әййемги заманлардан Орайлық Азиядағы ең ири әжайып сырланған керамикалық буйымлар орайы болып есапланады. Риштон буйымлары, миниатюралары дүньядағы көркем өнер шайдалары арасында да үлкен абырайға ерискен. Ҳеш бир аймақтың гүлалшылық үлгилерине уқсамайтуғын бул көркем дөретпелердиң АҚШ, Уллы Британия, Франция, Польша, Швеция, Ирақ, Иран, Египет сыяқлы мәмлекетлерде болып өткен халықаралық көргизбе ҳәм ярмаркаларда көрсетилиўи ҳәм дүнья халқының итибарына миясар болыўы Риштон гүлалшыларының қәбилетинен дәрек береди. Риштонлы гүлалшылар тәрепинен таярланған өнимлер өзиниң дизайны, тәбийғый реңи ҳәм бурыш көринисиндеги нағысларға бай екенлиги менен ажыралып турады.
Соңғы жыллары Риштон гүлалшылық мектеби және де раўажланды. Уста Иброҳимжан Комилов, Бабажан Нишонов, Ҳакимжан Саттаров, Рустамжан Усмонов, Алишер Назиров, Шарофиддин Юсупов, Тоҳиржан Ҳайдаров сыяқлы белгили гүлалшылар дөреткен өнимлер ҳәммени таң қалдырып келмекте. Жаңа гүлалшылық орайлары шөлкемлестирилип, тараў және де раўажланбақта. Соның ушын да халықаралық гүлалшылық форумы усы жерде өткерилмекте.
Форум шеңберинде жақында пайдаланыўға тапсырылған «Оқер» мәкан пуқаралар жыйынындағы Өнерментшилик ҳәм туризм комплексинде «XXI әсир гүлалшылығы: дәстүрлер ҳәм инновациялар» темасындағы халықаралық илимий-әмелий әнжуман старт алды. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларынан келген 70 тен аслам уста-гүлалшылар, көркем өнертаныўшы илимпазлар, экспертлер, изертлеўшилер ҳәм бизнес ўәкиллери қатнасқан әнжуман қызықлы баянатлар ҳәм пикир таласларға бай болды. Соның ишинде, заманагөй гүлалшылықтағы жаңалықлар, ҳәзирги машқалалар ҳәм олардың шешими, аймақлараралық интеграцияласыў, Европа ҳәм Жақын Шығыс халықларының өнерментшилигинде гүлалшылықтың орны, Өзбекстанда бул өнерди раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў сыяқлы темалардағы баянатлар қатнасыўшылардың дыққат орайында болды.
– Елимизде гүлалшылық әййемнен раўажланған. Президентимиздиң 2021-жыл 23-марттағы гүлалшылық тараўын раўажландырыў ҳаққындағы айрықша қарары болса пүткиллей жаңа жоқарылаў дәўирин баслап берди, десек қәте болмайды,-дейди Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейи бөлим баслығы Дилноза Нарзуллаева. – Өзбекстанда Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм Ферғана гүлалшылық мектеплери бар. Олардың ҳәр бири өз усылы ҳәм бағдарына ийе. Келешекте өзине тәнликти сақлаған ҳалда олардың бир-бирин толықтырыўын, жаңа тәреплерди өзлестириўин, уста-гүлалшылардың тығыз бирге ислесиўин дәўирдиң өзи талап етпекте. Сондай-ақ, шебер усталардың социаллық тармақларда өз бетлерин жаратыўы, дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринде өткерилетуғын көргизбе, фестиваль ҳәм таңлаўларда қатнасыўы, олар ислеген гүлалшылық өнимлериниң онлайн саўдасын жолға қойыў сыяқлы аҳмийетли ўазыйпалар да күтип тур.
Әнжуманда Англия, Израил, Беларусь, Қырғызстан, Башқуртстан ҳәм тәжикстанлы изертлеўшилер сондай-ақ, экспертлер өз пикир-усынысларын билдирди. Олар елимизде тараўдың раўажланыўына мәмлекетлик көлемде үлкен итибар қаратылып атырғаны, өзбек керамикалық ҳәм шийше буйымлары дүнья базарларын ийелеп атырғанын айрықша атап өтти.
– Дәстүрий гүлалшылықта керамика, шийше ыдыслар, сырты сырланған жуқа гербиш ҳәм нағыслар тек ғана үй-руўзыгершилик буйымы емес, ал көркем өнер шығармасы, эстетикалық сана-сезимниң сәўлелениўи сыпатында да қәдирли болып есапланады. Дүнья музейлеринде, тарийхый қалалар ҳәм туристлик объектлерде әсирлер гүўасына айланған қол мийнети үлгилерин және де байытыў арқалы келеси әўладларға жеткериў барлығымыздың ўазыйпамыз,-дейди беларусьлы көркем өнертаныўшы илимпаз Лариса Биско. – Тилекке қарсы, заманагөй технологиялар ҳәм жедел өндирис үскенелериниң кирип келиўи нәтийжесинде беларусь гүлалшылығы түпкиликли мәниде кризиске ушыраў алдында. Бул өнер түрин раўажландырыў, оған уқсас болған туризм ҳәм бизнес тараўларына итибар қаратыў зәрүр. Оны әмелге асырыўда усындай әнжуман ҳәм фестивальлар әҳмийетли орын ийелейди.
Илаж шеңберинде халықаралық форум қатнасыўшыларының шығармалары көргизбеси ҳәм саўдасы, уста-гүлалшылардың шеберлик сабақлары, жергиликли ҳәм сырт ел хужожниклери, дизайнерлери қатнасыўында модалар көргизбеси, палаў таңлаўы, дәрўазлық ҳәм куўыршақпазлық тамашалары да өткерилмекте.
Сондай-ақ, илаж бағдарламасынан «Гүлалшылар ҳәм базар экономикасы» темасындағы дөгерек сәўбети, номинациялар бойынша жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими, форум жуўмағы бойынша ғалаба хабар қураллары ушын пресс-конференция да орын алған.
М.Сулаймонов,
ӨзАның хабаршысы