Ишки ислер министрлигиниӊ төменги буўынларында ислеп атырған сорастырыўшылар менен тергеўшилердиӊ арасында өткерилген «Еӊ жақсы тергеўши» ҳәм «Еӊ жақсы тергеў жәмәәти» номинациялары бойынша таӊлаўдыӊ Өзбекстан басқышыныӊ жеӊимпазлары анықланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 24-августтағы “Ишки ислер уйымларында еӊ жақсы хызметкерлерди анықлаў бойынша республикалық таӊлаўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниӊ усы жыл 4-сентябрьдеги бийлигине муўапық Тергеў департаменти ҳәм оныӊ төменги бөлимшелери хызметкерлери арасында усы таӊлаўларды өткериў белгиленген. Бул таӊлаўлар Ишки ислер уйымлары тергеў бөлимшелери жеке қурамыныӊ кәсиплик таярлығын жетилистириў, олардыӊ билим дәрежесин арттырыў, хызмет, жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлығын күшейтиў, әмелий көнликпелерди ийелегенликлерин анықлаў мақсетинде шөлкемлестирилди. Аймақлық басқышларда биринши, екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеген хызметкерлер финал басқышында жеӊимпазлық ушын гүрес алып барды.
Бес шәрт бойынша өткерилген таӊлаўдыӊ «Еӊ жақсы тергеўши» номинациясыныӊ республикалық финал басқышында Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларыныӊ жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы Тергеў бөлиминиӊ тергеўшиси, лейтенант Тимур Рейипназаров сыйлы биринши орынды ийелеп, I дәрежели диплом, ҳәр айлық пул тәмийнатыныӊ 50 проценти муғдарында бир жыл даўамында төленетуғын (60 млн. сум) ақшалай сыйлығы менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги