Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен “Коррупцияға қарсы гүресиўде жәмийетлик қадағалаў ҳәм социаллық шериклик, онда МКШлардыӊ орны” атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда шығып сөйлегенлер коррупцияға қарсы гүресиўде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, орынларда бул бағдардағы жумысларды комплексли үйрениў мәселелерине тоқтап өтти. Соныӊ менен бирге, орынларда жүз берип атырған машқалалардыӊ алдын алыў бойынша тийкарланған усыныслар таярлап, оларды тийисли орынларға берип барыў келешекте нызам ҳүжжетлерин таярлаўда айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Буннан кейинги шығып сөйлеўшилер, коррупция тараўында қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, мийнет нызашылығы ҳәм оларды жүргизиў мәселелери бойынша өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирди. Бул жақында қабыл етилген “Өзбекстан–2030 стратегиясы”нда да өз көринисин тапқанлығы, бул бағдардағы илажлардыӊ буннан былай да даўам ететуғынлығын айрықша атап өтти.
Илаж қатнасыўшылары бул иллетке қарсы гүресиў ҳәм оныӊ алдын алыў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги