Халық депутатлары Беруний районы Кеӊесиниӊ депутаты Лола Хожаниязова Саркоп аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халықтыӊ мүрәжаты менен ислесиў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты.
Үйрениўлердиӊ нәтийжесинде көпшилик мәселелер, соныӊ ишинде, аймақ турғынларыныӊ мүрәжатлары үйме-үй жүрип үйренилип, шешимин таўып атырғаны анықланды. Усы күни депутат халықты көптен берли қыйнап киятырған “Ҳайитбай арна” каналыныӊ үстиндеги көпирдиӊ жағдайы менен танысты.
Бул көпир бүгинги күни улыўма жарамсыз жағдайға келип қалған, қайта қурыўды талап етпекте. Себеби оныӊ еки шетиндеги қорғаў үстинлери қопарылып қалған. Ол жерде канал көринетуғын үлкен тесиклер пайда болған. Бул трнспортлардыӊ қатнаўында бир қанша машқалаларды пайда етпекте. Жергиликли халықтыӊ атап өткениндей, усыныӊ себебинен бул жерде автоавариялар жүз берип турады.
Бул жағдай аймақ турғынларыныӊ қатнасында үйренип шығылып, тийисли орынларға депутатлық сораў жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги