Ҳәр жылы мәмлекетлик ЖООлар бакалавриатының күндизги билимлендириў түрине кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты бериледи.
Президент грантына даўагер болған абитуриентлер мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи.
Президент гранты жеңимпазлары 1-курстан пәнлерде «үлгили» баҳаларға оқыса, руўхый-ағартыўшылық ҳәм илимий-изертлеў бағдарларында жетискенликлерге ерискен болса, онда стипендия таңлаўында қатнасады.
Өткерилген таңлаў нәтийжелерине бола жеңимпаз болған студентлерге Президент мәмлекетлик стипендиялары тайынланады ҳәм төленеди.
Президент гранты ушын белгиленген стипендия 2-курстың оқыў жылының басынан айма-ай төленеди ҳәм соның ушын оған улыўма шәртлерде белгиленетуғын стипендия тайынланбайды.
Егер грант ийеси оқыў семестриниң жуўмағына бола кеминде бир пәннен «үлгили» баҳа алмаса, келеси оқыў семестри даўамында оған улыўма тәртипте белгиленетуғын стипендия тайынланады. Гезектеги оқыў семестриниң жуўмағына бола барлық пәнлер бойынша өзлестириў көрсеткиши тек ғана «үлгили» баҳа болғанда, Президент гранты ушын белгиленген стипендия қайта тайынланады ҳәм төлеп барылады.
Оқыўдың жуўмағына шекем Президент грантын үзликсиз алған студентлер бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес ҳәм түрлес қәнигелик бойынша магистратураға кириў имтиханларысыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында студентликке қабыл етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги