1

1 киловатт-саат электр энергиясының өзине түсер баҳасы 970 сум. Халық ҳәр 1 киловатт-саат ушын 295 сум төлемекте. Тап усындай, 1 куб метрг газдиң өзине түсер баҳасы 1 890 сум болса, тутыныўшы 1 куб метр газ ушын 390 сум жумсамақта.

Энергетика министрлигине бола, тараўдың зыян менен жумыс ислеп атырғаны есабынан оны мәмлекетлик бюджеттен субсидиялаў дефицитке алып келмекте. Бул болса социаллық тараўға көбирек қаржы қаратыўға имканият бермей атыр. Нәтийжеде болса негизинде системаны жаңалаўға қаратыў мүмкин болған қаржылар тек ғана пайда болған бул қарама-қарсылықты қаплаўға жумсалмақта.

Егер тараўға базар нызамлары енгизилсе, ертең бул қаржылар үнемленеди. Нәтийжеде үнемленген қаржыны социаллық тараўды раўажландырыўға, жаңа мектеплер, медицина мәкемелерин қурыўға, ҳәр бир тараўда өндиристи раўажландырыў ушын заманагөй технологияларды алып кириўге, энергетика системасын терең модернизациялаўға да жумсалыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги