Нью-Йоркта БМШ Бас ассамблеясыныӊ жоқары дәрежедеги ҳәптелиги шеӊберинде Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) бойынша саммит болып өтпекте.
“БМШ жаӊалықлары”ныӊ хабар бериўинше, илаждыӊ биринши күнинде дүнья жетекшилери тәрепинен 2030-жылға шекем турақлы, инклюзив ҳәм раўажланған дүнья қурыў жолында бирлесиўге садықлық билдирилген тарийхый декларация қабылланды.
Бизге белгили болғанындай, 2015-жылы қабыл етилген ТРМ 2030-жылға шекем әмелге асырылыўы керек.
– ТРМ әпиўайы мақсетлер жазылған дизим емес, ал, пүткил дүньядағы адамлардыӊ үмити, әрманы ҳәм күткенлериниӊ әмелге асыўы, – деп атап өтти БМШ бас хаткери Антониу Гуттериш. – Бул процесс усы жылы қабылланғанына 75 жыл толған Инсан ҳуқықлары бойынша пүткил жер жүзилик декларациясы миннетлемесин орынлаўшы исенимли жолды тәмийинлейди.
Конференцияда Бас хаткер усы басқышта халықаралық жәмийетшилик алдында турған ашлыққа қарсы гүрес, қайта тикленетуғын энергия дәреклерине өтиў, улыўмалық санластырыў, билимлендириўдиӊ сапасын арттырыў, адамларды мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаў, “тәбият пенен урыс”ты тоқтатыў сыяқлы алты тийкарғы ўазыйпаны санап өтти.
ӨзА