Кеше Сербия пайтахты Белград қаласында спорт гүреслери бойынша ересеклер арасында жәҳән чемпионатының үшинши күнинен орын алған беллесиўлер болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан 6 палўан беллесиўлерге шығып, олардың дерлик барлығы жеңилиске ушырады.
Атап айтқанда, -74 ҳәм -57 кг салмақларда өтиў беллесиўлеринде қатнасқан Бекзод Абдураҳмонов ҳәм Ғуломжон Абдуллаевлар өз қарсыласларына жеңилген болса, -65 кг салмақта гүреске түскен Умиджон Жалолов 1/16 финалда болгариялы Микяй Наимди жеңип шығыўға еристи.
Буннан кейинги басқышта ол АҚШлы Ник Лиден жеңилип қалды ҳәм жарысты ерте жуўмақлаўға мәжбүр болды.
Ал, қызлар арасында беллесиўлерге кирискен жас өспиримлер Олимпиадасының гүмис медал ийеси Шоҳида Аҳмедова 1/8 финалда германиялы Анастасия Блайвасқа жеңилип қалды.
Тәжирийбели палўанларымыздың бири болған 38 жасар Магомед Ибрагимов болса -97 кг салмақта Бахрейн ўәкили Ахмед Тажудиновтен жеңилип қалды. Бирақ, Тажудинов финалға шыққанлығы ушын Ибрагимовда қола медалы ҳәм Париж Олимпиадасы жолламасы ушын имканият сақланып қалды. Буның ушын ол бүгин коста-рикалы Максвелл Лемарды жеңип шығыўы керек.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы