Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиң оператив ўәкиллери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте хызмет ийтлери жәрдеминде өткерилген оператив илаж даўамында аў мылтығын сатып атырған пуқара усланды.

Басқарма баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше,  әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық, оқ атар қураллары, оқ дәрилер, пневматикалық, сигнал бериўши, өзин-өзи қорғаў қуралларын тийисли лицензияларсыз ямаса рухсатнамаларсыз алып жүриў, реализациялаў, Өзбекстан Республикасының аймағына алып кириў ямаса оннан алып шығыў, сондай-ақ,  мәмлекетимиз аймағы арқалы транзит алып өтиў ушын жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген.

Илаж даўамында  Өзбекстан пуқарасы өзиниң жасайтуғын үйинде илажға тартылған “шәртли қарыйдар”ға 2 миллион сум пулға 1 дана, 1 стволли, 20 калибрли “ИЖ-18-Е” маркалы аң мылтығын ҳәм  99 дана “Record 5” 70 мм жазыўлы гильзаны сатып атырғанда қатнасыўшылар тәрепинен  тоқтатылып, тийисли тәртипте процессуал ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, ўақтынша сақлаўға алынды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги