Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Зулайҳо Маҳкамованың басшылығындағы делегация Қытайдың Фуцзянь провинциясы Сямэнь қаласында шөлкемлестирилген «Қытай-Орайлық Азия» форумында қатнасты.

Әнжуман қатнасыўшылары мәмлекетимиздиң Қытай менен бирге ислесиўи менен байланыслы тийкарғы бағдарлар, ҳаял-қызлар ҳуқықы, мәпти қорғаў жолында елимизде алып барылып атырған жумыслар, сондай-ақ, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў тараўындағы кең көлемли реформаларымыз нәтийжеси менен таныстырылды.

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Озода Парпибоева «Ҳаял-қызлар ҳәм турақлы раўажланыў» сессиясында қатнасты. Делегация ағзалары сапар даўамында Қытай халық сиясий мәсләҳәт Кеңеси баслығының орынбасары, Пүткил қытай ҳаял-қызлар федерациясы басшысы Шэн Юэюэ ҳәм Фуцзянь провинциясы партия хаткери Чжоу Цзуйи менен ушырасты.

Өзбекстанлылар Сямэнь қаласындағы кем тәмийинленген шаңарақларға ғамхорлық етиў ҳәм Цзинан жәмийетлик хызметиниң орайында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў бағдарындағы тәжирийбе менен жақыннан танысты.

ӨзА