Социаллық қорғаў миллий агентлиги басшылары Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионларында Социаллық қорғаў ҳәм мийнет мәселелери бойынша глобал әмелият басшысы Паоло Белли басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасты.

Онда тәреплер Өзбекстанда халықты социаллық қорғаў системасын раўажландырыў, социаллық жәрдем бағдарламаларын жетилистириў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын додалады.

Агентлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, ушырасыўда майыплығы болған шахслар ушын хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў мәселесине итибар берилип, тараўда социаллық төлемлердиң жаңа системасын ислеп шығыў, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм социаллық бейимлестириў системасын жетилистириў сондай-ақ, оларды протез-ортопедиялық үскенелер, реабилитация техникалық қураллар менен тәмийинлеў системасын раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды.

Мағлыўмат орнында, бул ушырасыў Жәҳән банкиниң 15-сентябрьге шекем даўам ететуғын социаллық қорғаў системасын беккемлеў бойынша миссиясы шеңбериндеги биринши ушырасыўы болып есапланады.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА