2024-жыл 1-январьдан баслап:

– биринши мәрте жынаят ислеген шахсты, егер ол суд мәсләҳәтлесиўге киргенге шекем салықлар ҳәм жыйымлар, сондай-ақ, пенялар ҳәм басқа финанслық санкциялар көринисинде мәмлекетке жеткерилген зыянныӊ орнын толық қапласа, жуўапкершиликтен азат етиў;

-исбилерменлик субъектлерине қозғатылған ҳәр бир жинаят иси бойынша тергеў ҳәм суд процесинде тийисли ҳәмелдар шахс жынаят иси материалларын ис жүргизиўине қабыл еткен ўақыттан баслап исбилерменди қорғаўға Бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы, сондай-ақ, исбилерменлик субъекти ағза есапланған басқа шөлкемди жәмийетлик қорғаўшы сыпатында тартыўы ( хабар бериў ) тәртиби енгизиледи.

                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги