Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Әмиўдәрья районы Қылышбай аўыл пуқаралар жыйыны белсендилери, көше бийлери ҳәм нураный-ақсақаллары менен ушырасты.

Бүгинги күнде алыс, ең шетки, итибардан шетте қалып қойған аймақларды абат етиў жумыслары республикамыз бойынша кең түрде даўам етпекте. Тахтакөпирдеги Белтаў, Қараөзектеги Қараөзек, Төрткүлдеги Қумбасқан аўылларынан баслап, Нөкис қаласындағы шараяты аўыр пуқаралар жыйынларында да бундай илажлар әмелге асырылып атыр. Усы илажлардың даўамы сыпатында Әмиўдәрья районындағы кең көлемли абаданластырыў, пуқараларды қыйнап келген машқалаларға ҳәр тәреплеме шешим табыў илажлары Қылышбай аўыл пуқаралар жыйынларынан басланатуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, усы пуқаралар жыйынына алып барыўшы 4Р-181 автомобиль жолының оңлаўға мүтәжлиги, 7 км.ден артық ишки жоллар улыўма оңланбағанлығы, электр тәмийнаты, ески бағаналар менен байланыслы қатар машқалалар бар. Бүгинги күнге аймақ турғынларын ишимлик суўы менен тәмийинлеў, халыққа хызмет етиўши тез жәрдем автомашиналарын жаңалаў, медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў сыяқлы машқалаларды сапластырыў илажлары көрилип атыр. Сондай-ақ, Азия раўажландырыў банкиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын жойбар бойынша “Қылышбай” суў бөлистириў қурылмасын реконструкциялаў ҳәм Қылышбай, Аяқшы, Хызыр ели пуқаралар жыйынлары аймағында жәми 40 км көшеге суў тармақларын тартыўды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы бир қатар пуқаралардың машқалаларын тыңлады.






Онда пуқаралар тийкарынан турақ жайларды оңлап бериў, материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, егин егиў ушын жер майданын ажыратып бериў ҳәм банк кредити менен байланыслы машқалалар бойынша мүрәжат етти.

Бул мәселелер тийисли тараўлардың басшылары тәрепинен үйренип шығылып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги