Усы жыл 11-сентиябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Гарвард медицина мектеби, Бригҳем ҳәм ҳаяллар емлеўханасы генетикалық кеселликлер орайының директоры Алиреза Хагиги менен ушырасты.


Онда аўыр экологиялық шараятта жасап атырған аймақ халқының денсаўлығын беккемлеў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, емлеў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар сөз етилди. Соның менен бирге, ушырасып атырған кеселликлерди ерте  анықлаў, бул бағдарда генетикалық изертлеўлер алып барыў менен шуғылланыўшы жаңа лаборатория шөлкемлестириў, усы тийкарда халықтың саламатлығын беккемлеўде бирге ислесиўдиң әҳмийетине тоқталды. Бундай лабораториялардың ашылыўы тек медицина тараўында емес, аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық тараўларын раўажландырыў, сол арқалы жоқары нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлиги айрықша атап өтилди.

Республика басшысы аймақ халқының турмыс шараятын жақсылаў бағдарындағы бирге ислесиў бойынша ҳәр қандай жойбар ҳәм усыныслар қоллап-қуўатланатуғынын билдирди. Ушырасыў даўамында заманагөй технологияларды кеңнен пайдаланыў, IT тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды буннан былай да кеңейтиў мәселелери де сөз етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги