Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк арасында Бирден-бир есап бети арқалы бюджет төлемлериниң 24/7 режиминде ислеў тәртиби енгизилди.

Онда, салық дәраматлары ҳәм халық тәрепинен әмелге асырылған төлемлердиң келип түсиўи ҳәм қәрежетлердиң әмелге асырылыўы дем алыс ҳәм байрам күнлери, таң ямаса түн болыўына қарамастан 24/7  режимде онлайн тәмийинленеди.

Бул болса өз гезегинде, халық тәрепинен төленген төлемлерди тийисли бюджет шөлкемлеринде өз ўақтында көриў имканиятын жаратады.

Мысал ушын, шемби ямаса банк жумыс күни саат 17:00 ден соң төленген контракт төлемлери де тийисли университеттиң бирден-бир ғазна есап бетлерине түсиўи тәмийинленеди. Соның менен бирге, бюджет төлемлери де сол тәртипте әмелге асырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги