Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-сентябрь күни Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық конференцияда қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) бас директоры Цой Дунъюйды қабыллады.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз жетекшиси жоқары дәрежели мийманды Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жетекши тармақ структурасының басшысы етип қайта сайланғаны менен қутлықлады ҳәм усы күнлери Самарқанд қаласында өтип атырған конференцияны қоллап-қуўатлағаны ҳәм оның жумысында жеке өзи қатнасып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

ФАО бас директоры Өзбекстан Президентин глобал көлемде әҳмийетли болған темадағы усы халықаралық конференцияны өткериў басламасының табыслы жүзеге шыққаны ҳәм илаж жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени менен қутлықлады.

Азық-аўқат қәўипсизлигине қәўип салып атырған бүгинги қәўип-қәтерлерге қарсы, соның ишинде, регион дәрежесинде гүресиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Аграр тармақты раўажландырыўдағы тең салмақсызлықлар, суў ресурсларының тамтарыслығы, қосымша қун жаратыўдың узын ҳәм нәтийжесиз шынжырлары, логистикадағы үзилислер ҳәм басқалар турақлы раўажланыў ушын тийкарғы қәўип-қәтерлер сыпатында атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм ФАО арасында 2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа бирге ислесиў бағдарламасына аўыл хожалығын илимий изертлеўлер ҳәм инновациялар тийкарында модернизациялаў, аграр тараўды санластырыў, қаржылай қоллап-қуўатлаўдың тәсиршең қуралларын әмелге асырыў ҳәм агроазық-аўқат системасын басқарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў бойынша биргеликтеги илажларды киргизиўге келисип алынды.

ӨзА