Япония, Филиппин ҳәм Индонезия мәмлекетлеринде биргеликте өткерилип атырған ер адамлардан ибарат миллий командалардыӊ қатнасыўында өтип атырған жәҳән чемпионаты 1/4 финаль жуплықларын анықлаў барысында келеси жылғы жазғы Олимпиада ойынларында қатнасатуғын және еки миллий команданыӊ аты да мәлим болды.
Өткерилген шерек финаль ушырасыўларынан соӊ Германия ҳәм Сербия миллий командалары Париж-2024 Олимпиадасы жолламасына ийе болды.
Еки күн алдын ярым финальға жол алған АҚШ ҳәм Канада миллий командалары да Олимпиада ойынлары билетлерин қолға киргизген еди.
Сондай-ақ, Қубла Судан (Африканыӊ еӊ жақсы командасы), Япония (Азияныӊ еӊ жақсы командасы) ҳәм Австралия (Океанияныӊ еӊ жақсы командасы) волейболшылары да Париж Олимпиадасында қатнасады. Франция миллий командасы болса өз үйинде Олимпиадада қатнасады.
Бүгинге шекем 8 мәмлекеттиӊ миллий командалары Париж-2024 жолламаларын алған болса, сайлап алыўлардан табыслы өткен 24 команда Париж-2024 те қатнасыўдан үмит етпекте.
Олимпиаданыӊ квалификациялық турнирлеринде Литва, Италия, Латвия, Словения, Испания, Черногория, Пуэрто-Рико, Бразилия, Доминикан Республикасы, Греция, Грузия, Египет, Финляндия, Жаӊа Зеландия, Ливан, Филиппин, Мексика, Ангола, Кот-дʼИвуар, Камерун, Багам атаўлары, Баҳрейн, Польша ҳәм Хорватия командалары қатнасады. Әйне усы мәмлекеттиӊ миллий командалары Париж-2024 теги 16 орынға даўагерлик етпекте.
Япония, Филиппин ҳәм Индонезия мәмлекетлеринде өткерилетуғын жәҳән чемпионаты беллесиўлери 10-сентябрьге шекем даўам етеди.
ӨзА