Орайлық банк бакалавриат ва магистратура студентлери ушын арнаўлы стипендия таӊлаўын жәриялады.

Хабар берилиўинше, бул таӊлаўда банк иси, бухгалтериялық есап, финанс ҳәм мәлимлеме технологиялары бағдарлары бойынша төмендеги билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриаттыӊ (күндизги тәлим түри) соӊғы басқышында ҳәм магистратура бағдарларында билим алып атырған студентлер таӊлаў тийкарында қатнасады.

Атап айтқанда, Ташкент қаласындағы Халықаралық Вестминстер университети, Ташкент қаласындағы Вебстер университети, Ташкент қаласындағы Сингапур менежментти раўажландырыў институты, Ташкент мәмлкектлик экономика университети, Ташкент финанс институты, Жәҳән экономикасы ва дипломатия университети, Ташкент қаласындағы ИНХА университети, Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети студентлери таӊлаў тийкарында қатнасыўы мүмкин.

Стипендиатларға оқыў процесинде (соӊғы окыў жылы нәтийжелерине қарай) жоқары рейтинг көрсеткишине ийе болыўы (86% тен жоқары),мәмлекетлик тилди жетик билиўи, шет тиллерин (рус ҳәм инглиз) билиўи, еӊ кеминде В2 дәрежесинде талаплар қойылған.

Ҳүжжетлер усы жыл 13-сентябрьге шекем қабыл етиледи. Қосымша мағлыўматларды ЖООныӊ ректораты арқалы алыў мүмкин.

 

ӨзА