Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятында халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятларға сапарлары ўақтында биринши гезекте жумыссызлық мәселесине итибар қаратып, оны азайтыўды тийкарғы ўазыйпа етип қояды. Бул бағдарда барлық аймақларда мәнзилли бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги күнде Бухара ўәлаятында 1 миллионнан аслам мийнетке жарамлы халық болып, соннан 76 мыңы жумыссыз. Ҳәр жылы мийнет базарына 37 мыңға шамалас жаслар кирип келмекте. Булардың ҳәммесин есапқа алып, Бухара ўәлаятын 2023-2025-жылларда халық толық жумыс пенен тәмийинленген аймаққа айландырыў мақсет етилген.

Буның ушын имканиятлар жетерли. Мәселен, пахта-тоқымашылық ҳәм ғәллешилик кластерлери. Бухарада 11 усындай шөлкем болып, олар тәрепинен санаат ҳәм аўыл хожалығында 94 мың, соның ишинде, жумысты бөлип алып ислеўди раўажландырыў арқалы 19 мың жумыс орнының ашылыўы мөлшерленбекте.

Мәҳәллелерде санаат, өнерментшилик, жумысты бөлип алып ислеў, шарўашылық, саўда ҳәм хызмет көрсетиў бағдарларында 57 микро орай, жумыссызлық жоқары болған 98 мәҳәлледе киши тигиў цехларын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Усы жылы 15 мың гектар егислик жерлерди қайта пайдаланыўға киргизиў имканияты да бар. Бул жерлер жаңа дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын халыққа ашық электрон таңлаў тийкарында усынылады. Сондай-ақ, мәмлекетлик активлерди аукционға шығарыў, олардың негизинде жумыс орынларын көбейтиў бойынша усыныслар билдирилди.

Улыўма етип айтқанда, бул илаж нәтийжесинде усы жылы 250 мың жумыс орнының жаратылатуғыны атап өтилди.

Презентацияда Ҳиндстан менен бирге ислесиўде Қаракөл районында IT-кластер шөлкемлестириў жойбары ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, қосымша тапсырмалар берди.

ӨзА