Республикамызда ҳәр жылы 7-май күни Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы, белгили жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылған күни көтериңки руўхта белгиленеди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары, бир қатар жазыўшы, шайырлар халқы қәдирлеген Төлепберген Қайыпбергеновтың қойымшылығына зыярат етип, гүл шеңберин қойды.

Соң пайтахтымыздағы республикалық мәлимлеме-ресурс орайы балалар китапханасында «Халқы қәдирлеген жазыўшы» атамасында әдебий кеше өткерилди.

Оған орайда шөлкемлестирилген «Әдебият шайдалары» дөгерек ағзалары, мектеп ҳәм кәсип-өнер колледжи оқыўшылары қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер Т.Қайыпбергеновтың XX әсир қарақалпақ әдебиятының проза жанрына қосқан салмақлы үлеси, шығармаларының мазмун-мәниси, өзине тән өзгешеликлери ҳаққында атап өтти.

Оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.