Ташкент қаласы Арқа вокзал алдындағы Ташкент қаласының гербин көтерип турған қол формасындағы естелик алып тасланды. Оның постаментинде «Ташкентимизди жаўыз күшлерден, жаман көзлерден сақласын» деген жазыў бар еди. 1996-жылға шекем оның орнында 1962-жылы орнатылған Дмитрий Рябичевтиң 14 Түркстан комиссарының естелиги болған.
Ташкент қаласы ҳәкимиятының Газета.uz ға берген мағлыўматына қарағанда, Нөкис ҳәм Тарас Шевченко көшелериниң кесилиспесинде қарақалпақ классик шайыры Бердақтың естелиги орнатылып, оның атындағы бағ шөлкемлестириледи.
Ҳәзирги ўақытта бул жерде пиядалар өтиў жолы реконструкцияланып, фонтанлар жаңадан үскенеленбекте.
Мағлыўмат ушын, Ташкент қаласындағы Бердақ шайыр естелиги студентлер қалашасындағы бурынғы Нөкис кинотеатры жанында жайласқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги