Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен Тахтакөпир районында  жас өспиримлер арасында спорттың волейбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубоги өткерилди.

Ер балалар ҳәм қызлар арасында өткерилген бул жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан 26 команда қатнасты.

Кескин түрде болып өткен жарыс жуўмағында , ер балалар арасында биринши орынды Қараөзек районы командасы жеңип алған болса,  екинши ҳәм үшинши орынларды  Нөкис ҳәм Беруний районлары ийелеўге миясар болды.

Ал, қызлар арасында болса, биринши  орынды Нөкис қалалық Жеңил атлетика ҳәм ойын түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби, екинши орынды Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби ҳәм сыйлы үшинши орынды Қараөзек районының командасы жеңип алыўға еристи.

Жарыс соңында жеңимпаз болған командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.






 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы