Усы жылдың 3-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамына бағышланып елимиздиң 16 қаласы бойлап Орайлық Азиядағы ең үлкен марафонлардың бири – «Жаңа Нәпес» халықаралық жуўырыў жарыслары болып өтти.

Нөкис қаласында өткерилген жарысқа «Өзбекстан гүзары» (бурынғы Төрткүл гүзары) көшесиниң 21-киширайон тәрепинен старт берилди. Онда республикамыздағы 9 жастан баслап ҳәр қыйлы жастағы ҳәўескер ҳәм профессионал спортшылар, әскерий хызметкерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, студентлер, халық ўәкиллери, нуранийлар, жәмлеспеген жаслар, майыплығы болған шахслар қатнасты.

Онда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасып, барлық жастағы профессионал спортшылар, саламат турмыс тәризи ықласбентлерин байрам менен қутлықлады.

Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, халқымызды ғалабалық спортқа тартыў ҳәм олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, соның менен бирге, Ўатанымыз ғәрезсизлгиниң 32 жыллық байрамын көтериңки кейпиятта күтип алыў болып табылады.

Спорт илажында 4,5 мыңға шамалас нөкисли белсендилер «Бир Ўатанда, бир ўақытта, бир аралыққа, бир мақсетте биргеликте жуўырамыз!» сүрени астында 3 километр аралыққа жуўырды.

Ер балалар арасында өткерилген жуўырыў марафонында биринши орынды Р.Искандаров, екинши орынды Е.Тлеўимбетов, үшинши орынды Д.Шамуратовлар қолға киргизди. Ал қызлар арасында А.Сологуб биринши, М.Орынбаева екинши, Д.Озодова үшинши орынды, имканияты шекленгенлер (ер балалар) арасында С.Рузимов биринши, Н.Сарыбаев екинши, Д.Мамбетниязов үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, усы категориядағы қызлар арасында өткерилген жарыста А.Турсынбаева биринши, М.Есенгалиева екинши, А.Бабаниязова сыйлы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Буннан тысқары, ең кексе, ең жас, ең белсенди қатнасыўшы номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды. Илаж эстрада қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасына уласып кетти.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги