Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында өзиниң интакерлиги, билим ҳәм тәжирийбесин айқын көрсетип, исбилерменлик тараўында көплеген перспективалы жойбарларды табыслы әмелге асырып киятырғаны, социаллық мәселелерди шешиўде белсендилик көрсетип атырғаны, атап айтқанда, мәмлекетимизде билимлендириў системасын раўажландырыў, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў жумысларындағы үлкен хызметлери, жасларды ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, халықтың абаданлығын арттырыў бағдарында айрықша үлги болып атырғаны, сондай-ақ, жәмийетте өз-ара жәрдем, сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәтти күшейтиўге қаратылған ийгиликли ҳәрекетлерге белсене қатнасқаны ушын Наўайы ўәлаяты Нәўбаҳар районындағы «Саксанов» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң атқарыўшы директоры Саксанов Абдикарим Юлдашович «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 28-август