26-27-август күнлери Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен спорттың мини-футбол, волейбол ҳәм стол тенниси түрлери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри кубоги ушын жарыслар өткерилди.

Оған министрликтиң орайлық аппараты, қалалық ҳәм районлық спорт бөлимлери хызметкерлери, спорт мектеплериниң тренер ҳәм тәрбияланыўшылары қатнасты.

Кескин өткен жарыслар жуўмағында, қызлар арасында 1-орынды Берунийли спортшылар ийелеген болса, 2-орын Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебине, сыйлы 3-орын мойнақлы қызларға несип етти.

Ал, ерлер арасында өткерилген мини футбол жарысында, 1-орынды  Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң орайлық аппараты командасы ийелеўге миясар болды. 2-3-орынларды болса, Тахтакөпир ҳәм Мойнақ районлары спорт мектеплери командалары жеңип алды.

Стол тенниси жарыслары болса, ерлер ҳәм қызлар арасында өткерилип, ерлер арасында 1-орын Елликқала, 2-орын Беруний, 3-орын Әмиўдәрья районы спорт мектеби хызметкерлерине несип етти.

Қызлар арасында болса, шымбайлылар биринши, елликқалалылар екинши, мойнақлылар үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Алланазаров жарыс қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлап, жеңимпазларға арнаўлы кубок, медал ҳәм дипломларды салтанатлы түрде тапсырды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы