Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Дүнья прогрессине үлкен үлес қосқан ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Берунийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасын халықаралық дәрежеде терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, жасалма интеллект тараўында әдеп-икрам, инклюзивлик ҳәм мәдений ҳәр түрлиликти хошаметлеў Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы илимий-мәдений байланысларды және де кеңейтиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-августтағы «Уллы ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Беруний туўылған күниниң 1050 жыллығын халықаралық көлемде кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы ПҚ-361-санлы қарарына муўапық:

  1. Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор), ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясы, Сыртқы ислер министрлиги, Илимлер академиясының:

ЮНЕСКО менен биргеликте жасалма интеллект тараўында әдеп-икрамлылықты үгит-нәсиятлаў арқалы илимий қарым-қатнасты хошаметлеў бойынша Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО – Өзбекстан халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў;

Париж қаласындағы (Франция) ЮНЕСКО бас резиденциясында 2023-жыл 4-8-сентябрь күнлери Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған халықаралық көргизбе ҳәм илажларды (кейинги орынларда – Көргизбе) жоқары дәрежеде өткериў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатлансын.

  1. Төмендегилер:

ЮНЕСКО бас резиденциясында Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған халықаралық көргизбе ҳәм илажларға таярлық көриў сондай-ақ, оларды өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;

ЮНЕСКО бас резиденциясында Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған халықаралық көргизбе ҳәм илажларға таярлық көриў сондай-ақ, оларды өткериў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Қор:

Илимлер академиясы менен биргеликте Көргизбеде усыныс етиў ушын дүнья китапханаларында сақланып атырған бийбаҳа қолжазбалар нусқаларынан ибарат Көргизбеге бағышланған арнаўлы каталогтың инглис ҳәм өзбек тиллеринде басып шығарылыўын тәмийинлесин;

Мәденият министрлиги менен биргеликте Көргизбе шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының концерт бағдарламасын жоқары дәрежеде шөлкемлестирсин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги Қордың буйыртпасына бола Көргизбеде қатнасыў ушын мирәт етилген Өзбекстан делегациясы ағзалары, халықаралық консультантлар ҳәм илаж мийманларының шығыў ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, сондай-ақ, Көргизбени жоқары дәрежеде өткериўге байланыслы шөлкемлестириў жумысларына жәрдемлессин.
  2. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО – Өзбекстан халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў ҳәм Көргизбеге таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў дәреклерин белгилесин, сондай-ақ, оның қәрежетлер сметасын тастыйықласын.

Қор усы қарардың орынланыўы шеңберинде қәрежетлерди қаржыландырыў менен байланыслы қаржылар ажыратылғанға шекем өз қаржылары есабынан шәртнамалар дүзетуғыны ҳәм төлемлерди әмелге асыратуғыны, сондай-ақ, қаржылар ажыратылғаннан соң Қор тәрепинен жумсалған қаржылар қаплап берилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы қарардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылып атырған илажларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 25-август