Испанияның Валенсия қаласында көркем гимнастика бойынша өткерилип атырған жәҳән чемпионатында Тахмина Икрамова  Париж-2024 жазғы Олимпиадасы ушын Өзбекстан сайланды командасына дәслепки жолламаны инам етти.

Атап айтатуғын болсақ, сайланды команда ағзасы болған ол,  4 шынығыўдан соң 124,200 балл топалды ҳәм 9-орынды ийелеўге миясар болды.

Сондай-ақ, Тахмина Икрамова булава ҳәм лентада шынығыўлар атқарыў бойынша өткерилип атырған беллесиўлерде де финал басқышына шығыўға еристи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы