Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықларды заман талабына сәйкеслендириў ҳәм жеделлестириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Тийкарынан:

Алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында баслаўыш класслар ушын 775 атамада жаратылған жаңа әўлад сабақлық комплекслери 72 млн нусқада басылып шықпақта.

Бул сабақлықлар «4K» моделине тийкарланған инновациялық қатнасты усынады.

Сондай-ақ, халықаралық тән алынған басылымлардың сабақлық ҳәм оқыў-методикалық комплекслери өзимизде басылып шығарылады.

Тийкарынан:

инглиз тили (Кембридж университети басылымы, 13 атамада, 7,4 млн нусқа),

француз тили (Францияның Дидиер ФЛЕ басылымы, 22 атамада, 325,2 мың нусқа),

немис тили (Германияның Клетт басылымы, 11 атамада 231,5 мың нусқа),

информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары (Кембридж университети басылымы, 70 атамада, 5,1 млн нусқа) пәнлерин сабақлықлар өзимизде басылып шығарылмақта.

Буннан тысқары, қәнигелестирилген мектеплердиң 7-11-класслары ушын Кембридждиң физика ҳәм биология пәни бағдарламасы ҳәм сабақлықлары өзимизде баспаға таярланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги