Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы байрамы мүнәсибети менен үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

ӨзЛиДеП тиң Қараөзек районлық Кеңеси тәрепинен Бердақ АПЖ аймағындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде байрамға бағышланған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Онда сөзге шыққанлар қатнасыўшыларды күн сайын жақынласып киятырған ең уллы, ең әзиз байрам менен қызғын қутлықлап, ғәрезсизлик дәўирлеринде, соның ишинде, соңғы жыллары елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, тынышлығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған реформалар, жаңалықлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, елимизде жаңа мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў жолында тарийхый жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, муғаллимлерге жаратылып атырған шараятларды айрықша атап өтиў керек.

Халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў барлық реформаларымыздың бас мақсети етип белгиленгенлиги, атап айтқанда, заманагөй ҳәм барлық қолайлықларға ийе мектеп имаратларының қурылып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе.

Дөгерек сәўбетинде пикир алысыўлар болып, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги