«Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен жергиликли жөнелислерге байрам шегирмесин жәриялады. Бул ҳаққында «Uzbekistan Airways» авиакомпаниясының баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда атап өтилиўинше, авиакомпанияның 1-сентябрьден 3-сентябрьге шекем әмелге асырылатуғын барлық жергиликли рейслердиң авиабилетлерине 50 процентлик шегирме усынылады. Шегирме Let L-410 ҳаўа кемелеринде әмелге асырылатуғын авиақатнаўлар ушын әмел етпейди.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, ҳәзирше Ғәрезсизлик байрамы алдынан өзбекстанлылар неше күн дем алатуғыны белгили емес.

Қарақалпақстан хабар агентлиги