Исбилерменлик жумысы (исбилерменлик) – Исбилерменлик  субъектлери тәрепинен нызамшылыққа муўапық әмелге асырылатуғын, өзи тәўекел етип, өзиниң мүлклик жуўапкершилиги тийкарында дәрамат (пайда) алыўға қаратылған белсендилиги есапланады.

Бүгинги күнде республикамызда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша көплеген илажлар әмелге асырылмақта.

Исбилерменлик жумысының мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң бир дәреги сыпатында Өзбекстан Республикасының Конституциясын мысал етип келтириўимиз мүмкин.

Себеби, Конституцияның 67-статьясында, мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейтуғынлығы, исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай жумысты әмелге асырыўға ҳәм оның бағдарларын бийғәрезсиз түрде таңлаўға ҳақылы екенлиги, Өзбекстан Республикасы аймағында экономикалық кеңислик бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қәрежетлердиң еркин ҳәрекетлениўи кепилленгенлиги, монополиялық жумыс нызам менен тәртипке салынатуғынлығы ҳәм шекленетуғынлығы белгиленген.

Исбилерменлик жумысының мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң және бир дәреги сыпатында Өзбекстан Республикасының «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы нызамын келтириўимиз мүмкин.

Себеби, бул нызамның тийкарғы ўазыйпалары пуқаралардың исбилерменлик жумысларына еркин қатнасыўы ҳәм оннан мәпдар болыўы ушын кепилликлер ҳәм шараятлар жаратыўдан, олардың нәтийжелилигин арттырыўдан, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдан ибарат.

Соның менен бирге, экономикалық судларға даўа арза (арза) менен мүрәжат етиўде исбилерменлерге жаратылған жеңилликлерди атап өтиў лазым. Яғный, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамы менен киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен экономикалық судларға даўа арза (арза) менен мүрәжат етилгенде төлениўи тийис болған мәмлекетлик бажы муғдарының 50 процентин төлейтуғынлығы белгиленген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары, прокуратура, әдиллик уйымлары, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкиллерге исбилерменлик субъектлериниң мәпин қорғап, экономикалық судларға киргизилген даўа арзалар бойынша алдын-ала мәмлекетлик бажы төленбестен киргизиў ҳуқықы берилген.

Экономикалық судларда ис жүргизиўде жаратылған қолайлықлар ҳақкында айтып өтетуғын болсақ, олардың бири – бул экономикалық судларға даўа арза (арза) менен электрон мәлимлеме системасы арқалы электрон формада мүрәжат етиў тәртиби еңгизилген. Бунда, даўагер өз үйинде яки жумыс орнынан шықпаған ҳалда электрон мәлимлеме системасы арқалы электрон формада тиккелей тийисли судқа даўа арзасын жоллаў мүмкиншилиги жаратылды.

Соның менен бирге, экономикалық судлар тәрепинен исте қатнасыўшы тәреплерди суд мәжилисиниң өткерилетуғын ўақты ҳәм орны ҳаққында СМС хабарландырыў арқалы хабардар етиў мүмкиншилиги жаратылды.

Буннан тысқары, судларда, исте қатнасыўшы тәреплерге суд мәжилисинде видеоконференцбайланыс режими арқалы қатнасыў мүмкиншилиги жаратылды. Бул дегени, исте қатнасыўшы тәреплер басқа алыс аймақларда жайласқан судларда өткерилетуғын суд мәжилисинде өз аймақларынан шықпаған ҳалда видеоконференцбайланыс арқалы қатнасыўға ҳақылы. Ол өз гезегинде тәреплердиң ўақты ҳәм артықша қәрежетлериниң үнемлениўине мүмкиншилик береди.

Жуўмақлап айтқанда, исбилерменлик жумысының мүлклик тийкарлары, исбилерменлик жумысы еркинлигиниң конституциялық кепилликлери, мәмлекетлик ҳәм басқа уйымлардың қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў мүмкинлиги, «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершиликтиң белгиленгенлиги мәмлекетимизде исбилерменлик жумысы еркинлиги нызам менен кепилленгенлигин аңлатады.

Уткиржон Сабиров,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.