Дизимге алыў 10-сентябрьге шекем даўам етеди.

2023-жыл 10-август күни профессионал билимлендириў мәкемелери (колледж ҳәм техникумлар)не абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

Абитуриентлерди дизимге алыў Билимди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайтында «Профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў» бөлими арқалы әмелге асырылмақта.

Дизимге алыў 10-сентябрьге шекем (10-сентябрь күни де) даўам етеди ҳәм абитуриентлер 10-сентябрьге шекем өз мағлыўматларын өзгертиўи мүмкин болады.

Алдынрақ 2023-2024-оқыў жылында колледж ҳәм техникумларға күндизги, кешки, сыртқы ҳәм дуал билимлендириў түрлери бойынша жәми 109 546 109 546 қабыллаў квотасы тастыйықланған еди.

Соннан: 123 колледж ушын – 41 мың 330; 216 техникум ушын – 68 мың 216.

Колледжлерге күндизги билимлендириў түри бойынша қабыллаў квотасы 19 814 етип белгиленди. Соннан: мәмлекетлик грант тийкарында – 9 815; төлемли-контракт тийкарында – 9 999.

Колледжлерге сыртқы билимлендириў түри бойынша қабыллаў квотасы 15 953 етип белгиленди. Бул билимлендириў түри тек ғана төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Колледжлерге кешки билимлендириў түрине қабыллаў квотасы жәми 462 етип белгиленди. Бул билимлендириў түри тек ғана төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги