Пайтахтымыздағы Әмир Темур атындағы мәдений дем алыў бағында Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан «Ҳеш ким, ҳеш қашан умытылмайды» темасында концерт бағдарламасы акциясы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде республикамызда «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес», «Мәртлик, парыз ҳәм садықлық» сүренлери астында кең көлемли  илажлар өткерилмекте. Солардың бири урыс жылларының қосық ҳәм намаларынан дүзилген концерт бағдарламасы акциясы болып табылады. Өткен екшемби күни пайтахтымыздағы Орайлық дийқан базарында болып өткен илаж  Әмир Темур атындағы мәдений дем алыў бағында да даўам етти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи, Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизоны әскерлери тәрепинен атқарылған урыс жылларының қосық ҳәм намалары жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Уллы жеңисти жақынлатыўда әскерлерге күш-қуўат бағышлаған сол дәўирдеги «Смугянка», «Катюша», «Офицерлер», «Журавли», «Жеңис күни» ҳәм басқа да қосық және аяқ ойынларды илаж қатнасыўшылары көзлерине жас алып тамаша етти. Халқымыздың бүгинги тыныш ҳәм абадан күнлери ушын жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың урыс жылларындағы мәртлик ислерин және бир мәрте көз алдымызға елеслетти.

-Бүгинги концерт бағдарлама ҳәр тәреплеме тәрбиялық әҳмийетке ийе,-дейди илаж қатнасыўшыларынан бири, мийнет ветераны Баймурат Матмуратов.- Себеби, бул екинши жер жүзилик урыс ҳәм фронт арты мийнет ветеранларының көрсеткен ерлик ҳәм мәртлик ислерин кең халық қатламына, соның ишинде, жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў менен бирге, оларды ўатанды сүйиўшиликке, миллий қәдириятларымыз бенен үрп-әдетлеримизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди. Сонлықтан да илажды шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Урыс жылларының қосық ҳәм намаларынан дүзилген бундай концерт бағдарламасы акциясы республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.