2023-2024-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына қабыллаў бойынша magistr.edu.uz электрон системасы арқалы онлайн дизимнен өткен талапкерлердиң арзалары көрип шығылды.

Арзаларды көрип шығыў нәтийжесинде көплеген мүрәжатлар түрли себеплерге бола (таңланған қәнигелик питкериўшиниң тәлим бағдары бойынша сәйкес ямаса түрлес емес екени, соралған ҳүжжеттиң орнына басқасы жүкленген ямаса толық жүкленбеген, ҳүжжетлердиң сапасызлығы ҳәм б.) қайтарылған.

Соны есапқа алып, мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары магистратурасына оқыўға кириў ушын онлайн арза жиберген, бирақ арзасы қайтарылған талапкерлерге 9-10-август күнлери арзаларын қайта редакторлаў (дүзетиў) имканияты жаратылды.

Қайтарылған арзаларды редакторлаў (дүзетиў) ушын 10-август күни саат 18:00 ге шекем кейинги имканият бериледи.

Бул мүддеттен кейин редакторлаўға (дүзетиўге) жол қойылмайды ҳәм кемшиликлер сапластырылмаған арзалар көрип шығылмайды.

Шет тилин билиў дәрежеси бойынша тийисли миллий ямаса халықаралық сертификатты талап дәрежесинде болмағаны себепли қайтарылған арзаларды редакторлаў (дүзетиў) усыныс етилмейди, бундай жағдайда қайта редакторланған (дүзетилген) арзалар көрип шығылмайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги