Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингте «Ўзчармсаноат» бирлеспеси мәлимлеме хызмети баслығы Феруза Маҳмудова мәлим етти.

2023-жылдың ақырына шекем тараў кәрханалары тәрепинен жәми 242 млн. долларлық 175 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў мақсет етип қойылған. Буның нәтийжесинде 10 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, тараў кәрханалары тәрепинен 7 трлн 800 млрд сумлық өним ислеп шығарылыўы тәмийинленеди.

Биринши ярым жыллықтың нәтийжелери менен 273,4 млн долларлық өнимлер экспорт етилген болып, бул көрсеткиш 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 140 процентти қурайды. 2023-жылдың жуўмағы менен бул көрсеткиш 610 млн долларға жеткериледи.

Экспорт жумысына 62 жаңа экспортшы кәрхана қамтып алынады, сырт елге шығарылатуғын өнимлердиң түри болса және 24 ке көбейиўи бойынша жумыслар алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги