«Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлар перзентлериниң төлем-контракти төлеп бериледи.

Нызамшылыққа бола, Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған (тәлим түрине қарамастан) «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген мүтәжлиги бар ҳаял-қызлар ямаса олардың жоқары оқыў орнында билим алып атырған еки ҳәм оннан артық перзентлериниң биреўине бир мәрте БЕМниң 15 есесине шекем (4 млн 950 мың сумға шекем) төлем-контрактин төлеп бериў белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги