Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамызда аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў, тараўда ушырасып атырған машқалаларды белгилеп алыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге тийисли илажларды көриў мәселелери бойынша узақ жыллық тәжирийбеге ийе фермер хожалықларының баслықлары, дийқанлар ҳәм тараў бойынша жумыс алып барып атырған илимпазлар менен ушырасып, пикирлести.

Онда тийкарынан бүгингидей суўдың тамтарыслығы дәўиринде республикамыздың климатына сәйкес аўыл хожалығы егинлерин егиў, экспортқа өтимли өнимлерди жетистириўди кеңейтиў, күтилгениндей өним алыўдың кепиллиги болған туқым жетистириў, яғный, селекцияны раўажландырыў, бул бағдарда тараўда илимий-излениўлер алып барып атырған тәжирийбели илимпазлар менен тығыз бирге ислесиў, пайдаланыўдан шығып кеткен егислик майданларын қайта пайдаланыўға киргизиў, суўдан үнемли пайдаланыў, бир неше жыллар даўамында жыйналып қалған машқалаларды шешиў ҳәм тараўды қайта жанландырыў мақсетинде ең кеминде 5 жыллық стратегияны ислеп шығыў мәселелери қарап шығылды.

Атап өтилгениндей, аўыл хожалығы тараўын қайта жанландырыў мақсетинде ең кеминде 5 жыллық стратегияны ислеп шығыў бүгинги күнниң ең баслы талабына айланып бармақта.

Халықтың азық-аўқат кәўипсизлигин ҳәм ишки тутыныўды сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында орынларда ҳақыйқый алып барылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емес.

Аўыл хожалығы тараўын модернизациялаў, тараўға жаңа инновациялық идеяларды енгизиў ҳәм егислик майданларынан ақылға уғрас пайдаланыўдың әҳмийети күннен-күнге артып бармақта. Сонлықтан да, бул бағдарда тараўға анық белгиленген стратегияны ислеп шығыў оғада зәрүр ўазыйпалардан есапланады.

Аўыл хожалығы егинлериниң дурыс жайластырылмаўы ҳәм режедеги егинлердиң толық егилмеўи нәтийжесинде тараўда бир қанша машқалалар жүзеге келмекте.

Ушырасыўда усы сыяқлы шешимин күтип турған оғада әҳмийетли мәселелер ҳәм бул бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпалар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги