Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа Ташкент қаласындағы қурылыс жойбарларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Соңғы жыллары пайтахтымыз үлкен қурылыс майданына айланды. Көплеген турақ жайлар, исбилерменлик орайлары, кәрханалар, парклер қурылды. Енди урбанизация процесслеринде узақты ойлап, қурылыслар қаланың сыртында әмелге асырылмақта.

Олардан ең әҳмийетлилери – Олимпия қалашасы ҳәм Жаңа Ташкент жойбарлары болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 9-ноябрь күни Олимпия қалашасының қурылысына тырнақ тасын қойған еди. Оның майданы 100 гектар болып, 10 мың орынлық жеңил атлетика ҳәм футбол стадионы, 6 жабық ҳәм 7 ашық спорт объектлери, суў спорты сарайы, велотрек, жеке гүрес, командалық спорт комплекслери қурылады. Бул жерде 2025-жылы Жаслар арасындағы Азия ҳәм Паразия ойынлары өткериледи.

Жойбар дүньяның 70 мәмлекетинде спорт объектлерин қурған Қытайдың «CAMC Engineering» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылмақта. Қурылысқа мыңнан аслам жумысшы ҳәм инженерлер, алдыңғы техникалар тартылған. Ҳәзирги күнге шекем 7 тийкарғы имараттың жер асты жумыслары толық орынланған. Гезектеги басқышлар жеделлик пенен даўам еттирилмекте.

Бул аймақ жанында және бир қала – Жаңа Ташкенттиң қурылысы режелестирилген. Президентимиз быйыл 18-март күни оған тырнақ тасын қойған еди. Жойбардың биринши басқышында 60 мың халыққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар, мәмлекетлик уйымлар ушын ҳәкимшилик имаратлар, парклер, социаллық ҳәм экономикалық объектлер қурылады.

Презентацияда бул бағдардағы дәслепки жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Ҳәзирги күнде қаланы жойбарластырыў ҳәм қурылысты муўапықластырыў ушын дирекция дүзилген. Аймақ шегаралары тастыйықланып, Кадастр агентлиги менен инвентаризацияланған. Инфраструктура ҳәм архитектуралық шешимлердиң ҳәр қыйлы басқышлары бойынша Сингапур, Уллы Британия, Нидерландия, Түркия компаниялары ҳәм жергиликли исбилерменлер менен шәртнамалар дүзилген.

Атап айтқанда, Сингапурдың «Meinhardt group» компаниясы тәрепинен ислеп шығылған жойбарда социаллық тараў объектлериниң жайласыўы, транспорт тармақлары ҳәм оларды пайтахтымыз бенен байланыстырыўшы жолларға айрықша итибар қаратылған.

Сондай-ақ, презентацияда Ислам цивилизациясы орайының ишки архитектуралық көриниси ҳаққында да мағлыўмат берилди. Орайдан орын алатуғын музейде ойшыл бабаларымыздың илимий мийрасы, олар жасаған дәўир орталығы сәўлелендириледи.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды өз ўақтында, сапалы қурыў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

ӨзА